English Phonology System
Total Page:16
File Type:pdf, Size:1020Kb
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМ МИНИСТРЛИГИ БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ Шет тиллери факультети Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы Нурумбетова Г. А., Ешимбетова Г. Д., Даулетмуратова Х. ИНГЛИС ТИЛИ ФОНОЛОГИЯЛЫҚ СИСТЕМАСЫ Оқыў-методикалық қолланба Нөкис – 2019 Нурумбетова Г. А., Ешимбетова Г. Д., Даулетмуратова Х. «ИНГЛИС ТИЛИ ФОНОЛОГИЯЛЫҚ СИСТЕМАСЫ» пәниниң оқытыў методикалық қолланбасы – Нөкис: ҚМУ 2019 – 240 бет. Бул оқытыў методикалық қолланба «ИНГЛИС ТИЛИ ФОНОЛОГИЯЛЫҚ СИСТЕМАСЫ» болып «ИНГЛИС ТИЛИ ТЕОРИЯЛЫҚ ФОНЕТИКАСЫ» пәниниң екинши басқышы ҳәм даўамы болып есапланады ҳәмде Мәмлекетлик тәлим стандарты ҳәм үлги ис бағдарламасы тийкарында дүзилген ҳәмде, оқытыў тематикалық ис бағдарлама режесин, пәнниң оқытылыў технологиясын, шегаралық хәм жуўмақлаўшы вариантларын хәм тестлерин, семинар ҳәм өз бетинше жумыслар дизимин өз ишине алады. Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий-методикалық Кеңеси баслығы, оқыў ислери бойынша проректор М. Ибрагимов. «Инглис тили фонологиялық системасы» пәниниң оқытыў методикалық қолланбасы «Шет тиллери» факультети Илимий-методикалық Кеңеси мәжилисинде додаланды, баспадан шығарыў ҳәм қолланыўға усыныс етилди. 2019 жыл «5» январь «1» санлы баянламасы. «Шет тиллери» факультет Илимий-методикалық Кеңеси баслығы п.и.к., доцент Дж. Курбанбаев «Инглис тили фонологиялық системасы» пәниниң оқытыў методикалық қолланбасы «Инглис тили ҳәм әдебияты» кафедрасы мәжилисинде додаланды, баспадан шығарыў ҳәм қолланыўға усыныс етиледи. 2018 жыл «25» декабрь «4» санлы баянламасы. Кафедра баслығы ф.и.к., доцент Д. Хаджиева Пикир билдириўшилер: Тлеумуратов Г. ф.и.к., доцент Тажиева Д. п.и.к., доцент «Инглис тили фонологиялық системасы» пәниниң оқытыў методикалық қолланбасы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий- методикалық Кеңеси мәжилисинде додаланды, баспадан шығарыў ҳәм қолланыўға усыныс етилди. 2019 жыл « 7 » январь «3» санлы баянламасы. 2 «ИНГЛИС ТИЛИ ФОНОЛОГИЯЛЫҚ СИСТЕМАСЫ» пәнин оқытыў бойынша методикалық көрсетпе «Инглис тили фонологиялық системасы» пәниниң оқыў процессиндеги орны ҳәм студентлер билимине талаплар Бул оқытыў методикалық қолланбасы «Инглис тили фонологиялық системасы» пәни бойынша Мәмлекетлик Тәлим Стандарты ҳәм үлги ис бағдарлама тийкарында дүзилген оқыў иc бағдарламасы, жыллық тематикалық календарь режеси, пәнниң оқытыў технологиясы, шегаралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаў тестлери, семинар ҳәм өз бетинше жумыслар дизими ҳәм көргизбели оқыў қуралларын өз ишине қамтыйды. Бул оқытыў методикалық қолланба «Инглис тили фонологиялық системасы» пәни бойынша студентлериниң терең билимге ийе болыўына ҳәм оны әмелиятта қолланыў уқыблылықларын қәлиплестириўге бағдарланған. Ҳәзирги заман «Инглис тили фонологиялық системасы» ҳәм «Инглис тили теориялық фонетикасы» курсы усы тилдиң, фонетика ҳәм фонология басқышларына тийисли барлық ҳәдийслерди теориялық көз қарастан үйренеди. Фонология тил илиминиң тараўы сыпатында. Фонема тил бирлиги сыпатында. Фонеманың фонологиялық мектеплер тәрепинен берилген анықламалары. Фонология тилдиң сес ҳәм акустик қәсийетлерин сөзлер ҳәм гәп ағымындағы қубылыслардың ҳәдийслерин үйренетуғын лингвистиклық тараўы. Теориялық ҳәм әмелий излениўлер: Сегментал фонология ҳәм бирликлери. Суперсегментал фонология ҳәм бирликлери. Фонетиканың үйрениў обьектине қарай түрлери: Улыўмалық фонология Диалетологиялық фонологиясы Тарийхый фонология Салыстырмалы-типологиялық фонология Фонологияның аспектлери, түрлери ҳәм изертлеў методлары, артикуляцион сес ҳәм гәп ағымындағы аспектлери. Транскрипция: фонологиялық транскрипция – фонема, силлабема, графема, акцентема, интонема. Фонология тил илиминиң басқа тараўлары менен байланыслары. Бул курста тек Британия, Америка илимпазлардың теориялық пикирлери ғана емес, ал рус ҳәм Европа тилшилери және тюркий тиллер, соның ишинде өзбек, қарақалпақ илимпазлардың усы пән бойынша ерискен табыслары ҳәм пикирлерине орын берилген. Курстың тийкарғы мақсети – студентлерге инглис тили фонетикасы ҳәм фонология системасынан терең билим бериўден ибарат. Бул пәнди үйренип өзлестирген студент төмендеги ўазыйпаларды орынлаўы тийис: а) фонологияның басқа лингвистикалық пәнлери арасында тутқан орнын билиў; б) тил сеслериниң акустикалық, физиологиялық ҳәм инглис тилиниң диалектлер функционаллық аспектлерин парық етиў; в) инглис тилиниң буўын дүзилиси, акцентлик, акустикалық структурасы ҳәм олардың студенттиң ана тилинде буўын ҳәм пәт өзгешеликлерин ийелеў; г) инглис тилинде гәплердиң интонацион дүзилиси; д) инглис тилиниң әдебий (норматив), диалектлер ҳәм акцентлерге тән айтылыў нормаларын билиў ҳәм оларды инглис тилин миллий аудиторияда оқытыў усылларын билиўлери тийис. 3 «ИНГЛИС ТИЛИ ФОНОЛОГИЯЛЫҚ СИСТЕМАСЫ» пәни бойынша студентлердиң билимине, оқыўына ҳәм көнликпелерине қойылатуғын талаплар Бул курсты тыңлап тамамлаған студентлер, лекцияларда берилген теориялық билимлерди терең үйренип, ҳәр түрли айтылыў формаларын тийисли жеринде әмелде пайдаланып билиў, диалектлер ҳәм акцентлердиң, парықларын түсиндире билиў қәбилетине ийе болыўлары лазым. Фонологияның бөлимлеринде көтерилген мәселелер бойынша берилген пикирлерди түсиндире билиўлери, ҳәмде сол мәселелерге өзлериниң көз қарасларын билдириўге умтылыўлары талап етиледи. Оқыў жобасындағы басқа пәнлер менен байланысы теориялық фонетикасы ҳәм инглис тили фонологиялық системасы жоқары оқыў орнында өтилетуғын барлық пәнлер менен тиккелей байланысқан. 1. Тилдиң басқышларындағы сеслер, буўынлар, сөзлер ҳәтте гәп дүзилислеринде ҳәр қандай сегментал хәм супрасегментал өзгерислер фонетика ҳәм фонологияның хызметлери арқалы жүз береди. 2. Тилдеги бир басқыштың сөйлесиўге өтиўи екинши басқыштың хызметин талап етеди. 3. Студентлер усындай байланысларды олардың, формаларын, инглис тилиниң айтылыўларының себеплерин билиўлери керек. 4. Студентлер ҳәзирги заман инглис тили айтылыўының үстем бағдарларын, ҳэмде дүнья жүзине таралған диалектлериниң паркына дыққат аўдара отырып билип барыўлары, оларды қәсип қәнийгелигине таярлаў, сегментал ҳәм суперсегментал фонетикалық ҳэм фонологиялық қәтелерди өзлери аңсызлаўы, оларды анықлаў усылларын, ҳәмде оларды сапластырыў жоллары үстинде ислеўи керек. 5. Фонология улыўма тил илиминиң бир бөлеги екенлиги, соның менен бир қатарда, басқа пәнлер физиология, акустика, психология ҳәм психолингвистика, социология ҳәм социолингвистика, нейролингвистика, жоқары математика, статистика ҳәм экспериментал фонетикаға байланыслы екенлигин көрсетиледи. 6. Аудиториялық сабақлардың көлеми, оқытыў ҳәм студентлердиң билимин баҳалаў жобасы, пәнниң бағдарламасы менен тәмийнлениўи. «Инглис тили фонологиялық системасы» пәни «Инглис тили теориялық фонетикасы» пәнниң екинши ҳәм айырылмас баскышы ретинде «Шет тили ҳәм адебияты» бакалавр бағдары «Инглис тили» қәнигелиги студентлери ушын өтиледи. «Инглис тили теориялық фонетикасы» ҳәм «Инглис тили фонологиялық системасы» пән бойынша ҳәммеси болып 100 саат, соның ишинде 28 саат лекция, 30 саат семинар ҳәм 42 саат өзбетинше жумысы саатлар болып бөлистирилген. «Инглис тили теориялық фонетикасы» ҳәм «Инглис тили фонологиялық системасы» пәнди оқытыўдағы жаңа технологиялар ҳәр бир пәнди өзлестириў ҳәм оқытыўдың үш усылы бар. Теориялық пән болғаны ушын оны әмелият пенен байланыстырып алып барыў талап етиледи. Курсты жобаластырыў әпиўайы фонологиялық материаллардан қурамалы теорияға өтип барылады. Фонологиялық бирликлерди тиккелей көрип, гүзетип, тыңлап түсиниў усылы, яғный аудиторияда аудио-видео үскенелер кең қоллаўды талап етиледи. Семинар сабақларында ҳәм әмелий жумысларын ислеў даўамында студенттиң билим көлеми анықланады. Студентлерге илимий әдебият үстинде ислеў, презентация, проект жумысларын шөлкемлестириў, реферат, курс ҳәм диплом жумыслрын жазыў бойынша мәслаҳәтлар бериледи. Илимий дереклерден қандай пайдаланыў, үйренилип атырған мәселени критикалық ҳәм унамлы анализ ете билиў, әдебиятлардағы пикирлерди улыўмаластырыўы үйрениледи. 4 English Phonology System 5111400 - Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) бакалавр бағдары студентлери ушын 5 PREFACE Phonological analysis of English often concentrates on or uses, as a reference point, one or more of the prestige or standard accents, such as Received Pronunciation for England, General American for the United States and General Australian for Australia. Nevertheless, many other dialects of English are spoken, which have developed independently from these standardized accents, particularly regional dialects. Information about these standardized accents functions only as a limited guide to all of English Phonology, which one can later expand upon once one becomes more familiar with some of the many other dialects of English that are spoken. Like many other languages, English has wide variation in pronunciation, both historically and from dialect to dialect. In general, however, the regional dialects of English share a largely similar but not identical Phonological system. Among other things, most dialects have vowel reduction in unstressed syllables and a complex set of Phonological features that distinguish fortis and lenis consonants: stop, affricate, and fricatives. Most dialects of English preserve the consonant /w/ spelled [w] and many preserve /θ/, /ð/ spelled [th], while most other Germanic languages have shifted them to /v/ and /t/, /d/: compare English will [wil] and then [ðen] with German will [vil] ‘want’ denn [den] ‘because’. The Study Guide has the following aims: to help learners of English specializing in Cross- cultural Communication organize their Self-study sessions by learning and using the fundamental principles of the English Phonological